- Deputatlar tárepinen Ózbekstan Respublikası máhálle hám shańaraqtı qollap-quwatlaw ministri lawazımına talaban maqullandı 11
- Mámleketimizdegi "qızıl," "sarı" hám "jasıl" aymaqlardıń jańalanǵan dizimi járiyalandı 11
- Mámleket basshıları sóylesiwlerdiń nátiyjelerinen qanaatlanǵanlıǵın bildirdi 10
- Ózbekstan Prezidenti BMSH Bas Assambleyasınıń 78-sessiyasında sózge shıqtı. 10
- Prezident Bektemir rayonı aktivleri menen ushırasıw ótkerdi. 10
2020-jıl 12-fevral kúni mámleketimiz basshısı Shavkat Mirziyoevtiń basshılıǵında ótkerilgen videoselektor májilisinde máhálle institutın jetilistiriw, orınlarda tınıshlıq-tatıwlıqtı bekkemlew, huqıqbuzarlıqlardıń aldın alıw máseleleri dodalanǵan edi.

Мәмлекет басшысы тәрепинен мәҳәлле системасында өзгерислер әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди ҳәм усы үлкен тараўға жуўапкер болған айырым мәмлекетлик органды шөлкемлестириў усынысы илгери сүрилди.
Парламенттиң төменги палатасында енгизилген жаңа әмелиятқа муўапық, 2020-жыл 18-февраль күни Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлисиниң Нызамшылық палатасы гезектеги мәжилисинде депутатлар Ҳүкимет қурамына киргизилиўи тастыйықланып атырған жаңа министрлик басшысы — Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри лаўазымына кандидатураны көрип шықты.
Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри лаўазымына Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары искерлигин муўапықластырыў бойынша Республика кеңеси баслығының биринши орынбасары — «Мәҳәлле» қайырымлылық жәмәәтлик фондының баслығы Рахмат Маматов кандидатурасы усынылды.
Талқылаўлар барысында халық ўәкиллери мәҳәлле институтының роли ҳәм әҳмийетин арттырыў, оны халықтың ҳақыйқый жәрдемшисине айландырыў, ҳаял-қызлардың ҳуқықый ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, жәмийетте ҳәм шаңарақта саў-саламат социаллық-руўхый орталықты беккемлеў, сондай-ақ оларда абаданлықты тәмийинлеў бойынша жаңа министрлик ҳәм оның басшылығы алдында турған ўазыйпаларды орынлаўға байланыслы усынысларын билдирди.
Парламент ағзалары мәҳәлле институтының ишки ислер органлары, мәмлекетлик ҳәм жәмәәт шөлкемлери менен үзликсиз ҳәм системалы бирге ислесиўин жолға қойыў, информация-коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм басқа да бир қатар әҳмийетли мәселелерди талқылады ҳәм усынысларын билдирди.
Соның менен бирге, кандидаттың ис-ҳәрекетлер режеси бойынша сораўлар көтерилди. Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри лаўазымына усынылған кандидат Рахмат Маматов оларға толығырақ жуўап берип, лаўазымға кирискеннен кейин парламент пенен министрлик арасындағы бирге ислесиўди күшейтетуғынын атап өтти.
Олий Мәжлис Нызамшылық палатасының депутатлары тәрепинен Рахмат Маматovты Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри лаўазымына мақуллаў ҳаққында қарар қабыл етилди.